Сакодағы жаӯынлы күн, жыллы естелик, carpe diem

rainy day in Saco, Maine. warm memories. seize the day

Пікірлер: 1

  • @aydojuma
    @aydojuma12 күн бұрын

    2019-жылы МГУдa 2-курста оқып жүргенимде, "Жумыс ҳәм саяхат" бағдарламасы боӣынша Америкаға жазда барған едим. Жумыс орны Меӣн штатында орналасқан кишкене Сако қаласындағы саябағта болды. Сол жақта аспаз, қадағалаӯшы және сипсекеш болып иследим. Шелпек, бауырсақ, пицца тағы фри писиретуғын едим. Америкада шелпек "fried dough" деп аталады екен ҳәм ол жақта адамлар оны дәмли қабық (корица), карамель және шоколадлы сироплар менен жеӯди унатады. Мен ҳәм кәсиплеримниң көбиси "Wagon wheel" мотелинде жасадық. Мотель тоғайдың қасында еди, ол жақта ёлкылер оғада көп. Кеште, бизлер далада әнгимелесип отырғанымызда, сүйир шыбынлар көп болатуғын еди. Нөсер жаӯынлар көп жауатуғын еди. Дем алыс күнлери Меӣн хәм оның қасындағы Жаңа Гемпшир штатында аӣланатуғын едик. Меӣнның бас қаласы Портлендке бардым, оның архитектурасы сулыӯ, онда бир неше көрнекли жерлер бар: музеӣлер, әдеми имаратлар. Портлендтиң архитектурасы Бостондикине уқсаӣды. Жаңа Гемпшир штатында да елкылер көп, оның хаӯасы таза, жаӯынлар көп болады. Усы қалада 1944-жылы танымал "Бреттон-Вудс" конференциясы болып өткен. Атлантикалық океанға бир неше рет бардым. Оның қасында "Old Orchard" деп аталған пляж бар, сол жақта суӯдың тынық даӯысын тыңлап сәрӯанлап жүргенимде миӣм менен кеӣилим тынышланатуғын еди. Эх, қандаӣ бахытлы ҳәм жыллы естеликлер. Бул саяхат ушын жақынларым менен Қудаӣға шын алғыс. Carpe diem In the summer of 2019 I went to United States for the work and travel programme. I was a sophomore at the Lomonosov university at that time. I worked as a cook, sideshow controller and cleaner in Saco, Maine. I used to cook fried doughs, doughnuts, pizza and fries. Until I arrived in USA I hadn’t known that fried dough is so popular there. Karakalpak cuisine also has fried dough and it’s called «shelpek». Most of my colleagues and I lived in a motel called «Wagon wheel», which was located near the huge fir forest. It rained a lot in Saco and the air was quite fresh. The minus of living near the forest is that there are a lot of mosquitos, when you sit outside and talk to friends. On the day offs, we travelled a lot. Me and one nice mistress went to Portland, the city that has some interesting places as square and museums. The architecture of Portland reminded me a little bit that of Boston. During the voyage to New Hampshire I realized that it’s similar to Maine: there are also many fir-trees, rains and the air is very fresh. I went to the Atlantic coast several times. There is an Old Orchard beach near it and when I was strolling along the coast hearing the sound of waves, I felt some harmony in my brain and soul. These are warm memories for me. Many thanks to my family and God. Carpe diem

Келесі