2024-жыл Шоманай районы Наўрыз байрамы | Shomanay rayoni Nawriz bayrami

Шоманай районында «Дүнья нурға толсын сениң менен, Наўрыз!» атлы байрам салтанаты болып өтти
⚡️Елимизге бәҳәр келди.
Бул мәўсимде халқымыз ҳәр жылы тыныш, татыў, саў-саламат ҳәм салмақлы табыслары, жақсы тилеклери менен Наўрыз байрамына қәдем тасламақта.
Быйылғы Наўрыз Мамый АПЖ аймағындағы майданшада басланды.
Аймақ халқы Наўрыз тамашаларын баслап, миллий тағамлар көргизбеси, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған дәстүрлеримизди сәўлелендириўши көргизбелер шөлкемлестирди.
Халқымыз әзелден той ҳәм қуўанышларды айрықша таярлық пенен қарсы алады. Солай екен, район турғынлары быйылғы Наўрызды айрықша таярлықлар менен күтип алмақта.
Байрам салтанатында шығып сөйлеўшилер, жыйналғанларды улыстың уллы күни Наўрыз байрамы менен қутлықлап, елимизге тынышлық, аўызбиршилик, дәрьямызға мол суў тиледи.
Буннан соң, районлық мәденият бөлиминиң театрластырылған концерт бағдарламалары, йошлы қосықлары атқарылып жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.
➡️ t.me/shomanay_muzika_mektebi

Пікірлер: 4

  • @user-vc7nz1gq1g
    @user-vc7nz1gq1g2 ай бұрын

    Zor🎉🎉🎉❤

  • @GulshatOtizova
    @GulshatOtizova2 ай бұрын

    Жаксы тусирилипти. Молодец! Монтаж Зор. Телевизордан жиберетугындай болыпты. Наурыз байрам кутлы болсын халкымызга...

  • @user-ty1hq2nu6l
    @user-ty1hq2nu6l2 ай бұрын

    БАЙРАМ НАВРУЗ МУБОРАК

  • @user-tm8qe2hr9r
    @user-tm8qe2hr9r2 ай бұрын

    Ассалому алейкум Айпарша апамыз хауазыныз талмасын молодец аман болын